1
Санлар 21:8
Мухаддес Китап
КркМК22
Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бир жылан ислеп, оны бақан үстине орналастыр. Жылан шаққан ҳәр бир адам оған қараса, тири қалады, – деди.
Compare
Explore Санлар 21:8
2
Санлар 21:9
Солай етип, Муўса мыстан бир жылан ислеп, оны бақанның үстине орналастырды. Жылан шаққан адамлар мыс жыланға қарағанда, олар өлмей, тири қалды.
Explore Санлар 21:9
3
Санлар 21:5
Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып: – Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди.
Explore Санлар 21:5
4
Санлар 21:6
Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди.
Explore Санлар 21:6
5
Санлар 21:7
Халық Муўсаның алдына келип: – Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, бизлер гүна қылдық. Бизлердиң арамыздан жыланларды жоқ қылыўы ушын, Жаратқан Ийеге жалбарынып, дуўа қыл, – деди. Солай етип, Муўса халық ушын дуўа етти.
Explore Санлар 21:7
Home
Bible
Plans
Videos