Бирақ Жаратқан Ийе әдеттен тыс бир нәрсе ислесе, жер жарылып, оларды ҳәм оларға тийисли ҳәр бир затты жутса ҳәм олар өлилер мәканына тирилей кирип кетсе, онда бул адамлардың Жаратқан Ийеге ҳүрметсизлик қылғанын билип аласызлар.
Муўса усы сөзлерин айтып болар-болмастан, Датан ҳәм Абирамның аяқ астындағы жер жарылып кетти. Жер жарылып, оларды, олардың шаңарақларын, Қорахтың шериклери менен мал-мүликлерин жутып жиберди.