Деген менен, мәңги бар болған Мен жер жүзин толтырып турған уллылығым менен ант ишемен: уллылығымды, Мысырда ҳәм шөлде көрсеткен кәраматларымды көрсе де, Мени он мәрте сынаған, сөзиме қулақ аспаған бул адамлардың ҳеш бири Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерди көрмейди. Маған ҳүрметсизлик қылғанлардың ҳеш бири ол жерди көрмейди.