Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. Өйткени топан суўынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты. Топан суўы басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады.