Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди:
– Бул өсимлик бир түнде шығып, бир түнде жоқ болды. Сен мийнет етип, бул өсимликти өсирмеген болсаң да, оған жаның ашып атыр. Ал Ниневияда болса, ақ пенен қараны айыра алмайтуғын бир жүз жигирма мыңнан аслам адам ҳәм көп санлы ҳайўанлар бар. Усы уллы қала ушын Мениң жаным қалай ашымасын?