Сонда Жаратқан Ийе маған былай деп жуўап берди:
«Тасларға анық қылып жаз саған аян қылғанларымды,
Ҳәр бир адам бир қарағаннан оқый алатуғын болсын.
Бул аян белгиленген ўақытта әмелге асады,
Сол ўақыт тез арада келеди, бул аян жалған емес.
Егер де кешиккендей болып көринсе, сабыр ет,
Ол әлбетте кешикпей орынланады.