Адамның гүнакар тәбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жәнжелкешлик, күншиллик, ғәзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў, қызғаншақлық, мәскүнемшилик, айшы-әширет ҳәм усыларға уқсаған нәрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, және ескертип атырман: усындай ис-ҳәрекетлерди ислеўшилер Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.