Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз. Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масийхқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масийхқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масийхқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды».