Соңынан шеп қапталың менен жамбаслап жатып, Израил халқының гүнасын үстиңе жүкле. Шеп жағың менен қанша күн жатсаң, сонша күн олардың гүнасын өзиңе жүклейсең. Олардың гүна қылған жылларының санына бола, сен ушын сонша күн ажыраттым. Сен үш жүз тоқсан күн даўамында Израил халқының гүнасын өзиңе жүклейсең.