1
Езекиел 17:24
Мухаддес Китап
КркМК22
Даладағы барлық ағашлар бийик ағашты жығатуғын, пәс ағашты бийиклететуғын, жасыл ағашты қуўрататуғын, қуўраған ағашты гүллендиретуғын бул – Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман».
Compare
Explore Езекиел 17:24
2
Езекиел 17:22-23
Қудай Ийе былай дейди: Кедр ағашының уша басынан бир шақаны алып отырғызаман. Төбесиндеги шақасынан бир жас шыбық алып, оны үлкен ҳәм бәлент таўдың төбесине егемен. Оны Израилдың бәлент таўына отырғызаман. Ол шақа жайып, мийўе береди ҳәм бир уллы кедр ағашына айланады. Барлық қуслар шақаларына мәкан басады, ҳәр қыйлы қанатлы жанзатлар шақаларының саясын паналайды.
Explore Езекиел 17:22-23
Home
Bible
Plans
Videos