Қарап, арқадан күшли қуйынның киятырғанын көрдим. Ол от шашқан ҳәм нур менен қапланған үлкен булт еди. Оттың ортасында мыс сыяқлы бир нәрсе жалтырап турды. От ортасында көриниси инсанға уқсаған төрт тири жанзаттың турғанын көрдим. Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети ҳәм төрт қанаты бар еди. Аяқлары дүзиў, ал табанлары тананикине уқсаған болып, жылтыраған қоладай сәўле шашып турды. Төрт қапталындағы қанатларының астында адамның қоллары бар еди. Олардың бет-әлпети ҳәм қанатлары төрт қапталында болып, қанатлары бир-бирине тийип турды. Жанзатлар жүргенде, бурылмай, туўры алға қарай ҳәрекетленди.