1
Шығыў 32:1
Мухаддес Китап
КркМК22
Халық Муўсаның таўдан түспей, иркилип атырғанын көргенде, Харонның әтирапына жыйналды да: – Қәне, бизлерге баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз, – деди.
Compare
Explore Шығыў 32:1
2
Шығыў 32:7-8
Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Тезирек төмен түс. Сениң Мысыр жеринен алып шыққан халқың жолдан азды. Олар Мен буйырған жолдан тез шығып кетти. Өзлерине тананың мүсинин ислеп алып, оған сыйынды ҳәм қурбанлықлар берип: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.
Explore Шығыў 32:7-8
3
Шығыў 32:5-6
Харон буны көрип, тананың алдына бир қурбанлық орын қурды да: «Ертең Жаратқан Ийеге арнап байрам болады», – деп жәриялады. Ертеңине азанда халық жандырылатуғын қурбанлықлар берди ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. Олар ишип-жеў ушын отырды ҳәм кейин орынларынан турып, ойынға түсти.
Explore Шығыў 32:5-6
4
Шығыў 32:30
Ал ертеңине Муўса халыққа: – Сизлер аўыр гүна иследиңлер. Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң алдына шығажақпан. Мүмкин, сизлердиң гүналарыңызға кеширим ала аларман, – деди.
Explore Шығыў 32:30
Home
Bible
Plans
Videos