– Шыралар ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, Израил халқына сапалы зәйтүн майынан әкелиўди буйыр. Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында, кештен таңға дейин шыралардың Мениң алдымда жаныўын тәмийинлесин. Бул израиллылар ушын әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.