Ал халыққа Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин үйрет. Қандай жол менен жүрип, не ислеў кереклигин оларға көрсет. Буларға қосымша, халық арасынан Қудайдан қорққан, уқыплы, ҳарам пайданы жек көретуғын исенимли адамларды сайлап ал. Оларды халық үстинен мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып тайынла.