1
Нызамның қайталаныўы 15:10
Мухаддес Китап
КркМК22
Оған қыйналмастан ашық кеўлиңиз бенен қарыз бериңлер. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди.
Compare
Explore Нызамның қайталаныўы 15:10
2
Нызамның қайталаныўы 15:11
Елиңизде ҳәмме ўақытта жарлы адамлар болады. Соның ушын, елиңиздеги жәрдемге мүтәж жарлы туўысқанларыңызға ҳәмме ўақытта жәрдем қолыңыз ашық болыўын буйыраман».
Explore Нызамның қайталаныўы 15:11
3
Нызамның қайталаныўы 15:6
Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзи ўәде бергениндей сизлерге берекет береди. Сонда сизлер көп халықларға қарыз беретуғын боласыз, ал өзлериңиз қарыз алмайсыз. Көп халықлардың үстинен ҳүкимдарлық қыласыз, бирақ олар сизлерге ҳүкимдарлық етпейди.
Explore Нызамның қайталаныўы 15:6
Home
Bible
Plans
Videos