«Егер сизлердиң араңыздан бир пайғамбар ямаса түсинде аян көретуғын биреў пайда болып, ол: „Бир нышан ямаса кәрамат көрсетемен“, – деп айтса, усы айтқан нышан ҳәм кәраматларды ислеп, кейин ол адам: „Келиңлер, сизлер танымаған басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет қылайық“, – десе, сизлер сол пайғамбардың ямаса түсинде аян көриўшиниң сөзлерине қулақ салмаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өзин шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен сизлердиң сүйетуғыныңыз ямаса сүймейтуғыныңызды билиў ушын, сынап атырған болады.