Оның ләшкерлери Мухаддес мәканның қорғанына бастырып кирип, Мухаддес орынды ҳарамлайды. Күнделикли қурбанлықларды тоқтатып, ўайран қылатуғын жеркенишли бир затты орнатады. Сол патша ҳийле менен келисимнен бас тартқанлардың кеўлин таўып, оларды өз тәрепине аўдырып алады. Ал Қудайға садық қалғанлар болса, бар күши менен оған қарсылық көрсетеди.