Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мине, мынадай күнлер келеди,
Дийхан зүрәәтти жыйнап, терип үлгерместен,
Келеси жер айдайтуғын ўақыт келеди,
Шарап таярлап үлгерместен,
Жүзимниң мийўеси және писеди.
Таўлардан мазалы шарап тамады,
Барлық төбешиклерден жерге ағып түседи.
Сүргин болған халқым Израилды қайтарып алып келемен,
Олар ўайран болған қалаларын қайта тиклеп, сол жерде жасайды,
Жүзимзарлар егип, шарабын ишеди,
Бағлар отырғызып, мийўелеринен жейди.