Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Шаулды ажыратып бериңлер». Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Шаулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды.