Мақтаныўды қәлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Өйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳәдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса көргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен өзимди мақтаныўдан тыйып атырман.
Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр.