1
1 Юхан 2:15-16
Мухаддес Китап
КркМК22
Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан.
Compare
Explore 1 Юхан 2:15-16
2
1 Юхан 2:17
Дүнья ҳәм оның қәлеўлери өтип кетеди, бирақ Қудайдың еркин орынлаған адам мәңги жасайды.
Explore 1 Юхан 2:17
3
1 Юхан 2:6
«Қудайда жасайман» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт.
Explore 1 Юхан 2:6
4
1 Юхан 2:1
Балаларым! Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман. Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масийх бар.
Explore 1 Юхан 2:1
5
1 Юхан 2:4
«Оны билемен» деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ.
Explore 1 Юхан 2:4
6
1 Юхан 2:3
Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз.
Explore 1 Юхан 2:3
7
1 Юхан 2:9
«Нурдаман» деп, туўысқанын жек көретуғын адам еле қараңғылықта болады.
Explore 1 Юхан 2:9
8
1 Юхан 2:22
Ийсаның Масийх екенин тән алмаған адам өтирикши болмаса, онда ким өтирикши? Әкени ҳәм Улды тән алмаған адам – Масийхқа қарсы турыўшы.
Explore 1 Юхан 2:22
9
1 Юхан 2:23
Улды тән алмаған адамда Әке де жоқ. Ал Улды тән алған адамда Әке де бар.
Explore 1 Юхан 2:23
Home
Bible
Plans
Videos