1
1 Коринфлилер 7:5
Мухаддес Китап
КркМК22
Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек өз ара келискеннен соң, өзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бөлек болыңлар. Өзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин және бирге болыңлар.
Compare
Explore 1 Коринфлилер 7:5
2
1 Коринфлилер 7:3-4
Ер адам өз ҳаялына деген, ҳаял да өз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын. Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди.
Explore 1 Коринфлилер 7:3-4
3
1 Коринфлилер 7:23
Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар.
Explore 1 Коринфлилер 7:23
Home
Bible
Plans
Videos