1
1 Коринфлилер 13:4-5
Мухаддес Китап
КркМК22
Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды. Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды.
Compare
Explore 1 Коринфлилер 13:4-5
2
1 Коринфлилер 13:7
Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды.
Explore 1 Коринфлилер 13:7
3
1 Коринфлилер 13:6
Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады.
Explore 1 Коринфлилер 13:6
4
1 Коринфлилер 13:13
Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.
Explore 1 Коринфлилер 13:13
5
1 Коринфлилер 13:8
Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўысылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, руўхый тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады.
Explore 1 Коринфлилер 13:8
6
1 Коринфлилер 13:1
Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады.
Explore 1 Коринфлилер 13:1
7
1 Коринфлилер 13:2
Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен.
Explore 1 Коринфлилер 13:2
8
1 Коринфлилер 13:3
Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.
Explore 1 Коринфлилер 13:3
9
1 Коринфлилер 13:11
Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым.
Explore 1 Коринфлилер 13:11
Home
Bible
Plans
Videos