Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин, сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын, биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Және де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге руўхый тиллерде сөйлеў, биреўге руўхый тиллерди түсиндириў сыйын береди.