1
Юхан 14:27
Мухаддес Китап
КркМК22
Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Өз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар.
比較
Юхан 14:27で検索
2
Юхан 14:6
Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды.
Юхан 14:6で検索
3
Юхан 14:1
Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер.
Юхан 14:1で検索
4
Юхан 14:26
Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жақлаўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди.
Юхан 14:26で検索
5
Юхан 14:21
Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен.
Юхан 14:21で検索
6
Юхан 14:16-17
Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жақлаўшыны жибереди. Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады.
Юхан 14:16-17で検索
7
Юхан 14:13-14
Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.
Юхан 14:13-14で検索
8
Юхан 14:15
– Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар.
Юхан 14:15で検索
9
Юхан 14:2
Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман.
Юхан 14:2で検索
10
Юхан 14:3
Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен.
Юхан 14:3で検索
11
Юхан 14:5
Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди.
Юхан 14:5で検索
ホーム
聖書
読書プラン
ビデオ