1
Римлилер 5:8
Мухаддес Китап
КркМК22
Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи.
Bandingkan
Telusuri Римлилер 5:8
2
Римлилер 5:5
Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды.
Telusuri Римлилер 5:5
3
Римлилер 5:3-4
Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз.
Telusuri Римлилер 5:3-4
4
Римлилер 5:1-2
Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масийх арқалы Қудай менен жарастық. Ийса Масийх арқалы Қудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Және де, Қудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз.
Telusuri Римлилер 5:1-2
5
Римлилер 5:6
Аўа, өзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масийх белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын өлди.
Telusuri Римлилер 5:6
6
Римлилер 5:9
Сонлықтан енди Масийхтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Қудайдың ғәзебинен қутқарылатуғынымыз да анық.
Telusuri Римлилер 5:9
7
Римлилер 5:19
Бир адамның бойсынбағаны себепли көп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли көп адамлар ақланады.
Telusuri Римлилер 5:19
8
Римлилер 5:11
Және де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Қудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масийх арқалы Қудай менен қатнаста болып қуўанамыз.
Telusuri Римлилер 5:11
Beranda
Alkitab
Rencana
Video