1
Елшилер 14:15
Мухаддес Китап
КркМК22
– Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Қудайға жүз бурыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз.
Összehasonlít
Fedezd fel: Елшилер 14:15
2
Елшилер 14:9-10
Бул адам Павелдиң сөзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин көрди де, қатты даўыслап: – Аяқларыңда тик тур, – деди. Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады.
Fedezd fel: Елшилер 14:9-10
3
Елшилер 14:23
Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды өзлери исенетуғын Ийемиздиң қолына тапсырды.
Fedezd fel: Елшилер 14:23
Kezdőoldal
Biblia
Olvasótervek
Videók