– Мине, Израил халқының қарыннан биринши шыққан улларының орнына лебийлилерди таңладым. Олар Маған тийисли. Өйткени барлық туңғышлар Маған тийисли. Мен Мысырда туңғышлардың ҳәммесин жоқ қылған күни, Израилдың барлық туңғышларын – адамның туңғышын, ҳайўанның биринши төлин Өзиме айырып алдым. Олар Маған тийисли. Себеби Мен – Жаратқан Ийемен.