1
Лебийлилер 26:12
Мухаддес Китап
КркМК22
Сизлердиң араңызда жасайтуғын Қудайыңыз боламан. Сизлер де Мениң халқым боласызлар.
Primerjaj
Razišči Лебийлилер 26:12
2
Лебийлилер 26:4
жаўынды өз ўақтында жаўдыраман. Жер өз зүрәәтин, мийўе ағашлар өз мийўелерин береди.
Razišči Лебийлилер 26:4
3
Лебийлилер 26:3
Егер қағыйдаларым бойынша жасап, буйрықларымды дыққат пенен орынлап жүрсеңиз
Razišči Лебийлилер 26:3
4
Лебийлилер 26:6
Елиңизде тынышлық сақлайман, тыныш жатып-турасызлар, ҳеш ким сизлерди қорқыта алмайды. Жыртқыш ҳайўанларды жериңизден қуўып шығараман. Жериңиз саўаш себепли ўайран болмайды.
Razišči Лебийлилер 26:6
5
Лебийлилер 26:9
Сизлерге Өз нәзеримди саламан, сизлерди өсип-өндирип, көбейтемен. Сизлер менен дүзген келисимиме садық қаламан.
Razišči Лебийлилер 26:9
6
Лебийлилер 26:13
Мен сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан қутқарған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мойынтырығыңызды сындырып тасладым ҳәм басларыңызды көтерип жүриўге мүмкиншилик бердим».
Razišči Лебийлилер 26:13
7
Лебийлилер 26:11
Мәкан жайымды сизлердиң араңызға қураман, сизлерден жеркенип, жүз бурмайман.
Razišči Лебийлилер 26:11
8
Лебийлилер 26:1
«Өзлериңизге жалған қудайлардың мүсинлерин ислемеңлер, кийели тасларды ямаса ойып исленген тасларды орнатпаңлар. Себеби Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
Razišči Лебийлилер 26:1
9
Лебийлилер 26:10
Бурынғы зүрәәтиңизди жеп таўыса алмайсызлар. Жаңадан алған зүрәәтиңизге орын босатыў ушын бурынғы зүрәәтиңизди шығарып таслайтуғын боласызлар.
Razišči Лебийлилер 26:10
10
Лебийлилер 26:8
Бесеўиңиз жүз адамды, жүзиңиз он мың адамды қуўатуғын боласызлар. Душпанларыңызды қылыштан өткерип, жеңиске ерисесизлер.
Razišči Лебийлилер 26:8
11
Лебийлилер 26:5
Зүрәәтиңиз соншелли мол болғанлықтан, жүзим жыйнайтуғын ўақытқа дейин қырман айдайсызлар, егис ўақтына дейин жүзим жыйнайсызлар. Азық-аўқатыңыз көп болады ҳәм елиңизде қәўипсиз жасайсызлар.
Razišči Лебийлилер 26:5
12
Лебийлилер 26:7
Душпанларыңызды қуўасызлар, олар сизлердиң қылышларыңыздың соққысынан алдыңызда жерге қулайды.
Razišči Лебийлилер 26:7
13
Лебийлилер 26:2
Мениң Шаббатыма әмел қылың, Мухаддес мәканыма ҳүрмет көрсетиң. Мен – Жаратқан Ийемен.
Razišči Лебийлилер 26:2
Domov
Sveto pismo
Bralni načrti
Videoposnetki