1
Марк 5:34
Мухаддес Китап
КркМК22
Ийса оған: – Қызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.
താരതമ്യം
Марк 5:34 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
2
Марк 5:25-26
Сол жерде он еки жылдан бери қан кетип аўырып жүрген бир ҳаял бар еди. Ол талай шыпакерлерден көп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди.
Марк 5:25-26 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
3
Марк 5:29
Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди.
Марк 5:29 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
4
Марк 5:41
Қыздың қолынан услап, оған: – Талита куми! – деди. Бул: «Қызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди.
Марк 5:41 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
5
Марк 5:35-36
Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип: – Қызыңыз өлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди. Бирақ Ийса бул сөзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына: – Қорқпа, тек исен, – деди.
Марк 5:35-36 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
6
Марк 5:8-9
Өйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди. Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым Үлкен топар, себеби бизлер көппиз, – деди
Марк 5:8-9 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
ആദ്യത്തെ സ്ക്രീൻ
വേദപുസ്തകം
പദ്ധതികൾ
വീഡിയോകൾ