1
Шығыў 4:11-12
Мухаддес Китап
КркМК22
Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди: – Адамға тил берип қойған ким? Адамды гүңелек, герең, көретуғын ямаса соқыр қылатуғын ким? Жаратқан Ийе болған Мен емеспен бе? Енди бар! Сөйлегениңде Өзим саған жәрдем берип, не айтыў кереклигин үйретип тураман.
Comparar
Explorar Шығыў 4:11-12
2
Шығыў 4:10
Муўса Жаратқан Ийеге: – О, Ийем! Қулың болған мен бурын да, Өзиң мениң менен сөйлесе баслағаннан бери де шешен адам емеспен. Мен майлы тилли де, сөзге шебер де емеспен, – деди.
Explorar Шығыў 4:10
3
Шығыў 4:14
Жаратқан Ийениң Муўсаға қәҳәри келип былай деди: – Лебий урыўынан болған әжағаң Харон бар емес пе? Билемен, ол сөзге шешен. Мине, ол тап ҳәзир сени қарсы алыўға киятыр. Сени көргенде, ол қуўанады.
Explorar Шығыў 4:14
Inicio
Biblia
Planes
Vídeos