Таўларға шығып, ағаш алып келиңлер ҳәм Мениң Үйимди қайта қурыңлар. Усылай етип, Мениң кеўлим толып, атым уллылансын! – дейди Жаратқан Ийе. – Мол зүрәәт алыўға үмит еткен едиңлер, бирақ аз жыйнадыңлар. Аўа, үйлериңизге не алып келсеңиз де, оларды көкке суўырдым. Не ушын? – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Аўа, Мениң Үйим ўайран болып жатырған ўақытта, сизлер өз үйлериңизди салыўға жуўырғаныңыз ушын солай иследим.