1
Елшилер 20:35
Мухаддес Китап
КркМК22
Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гөре, берген адам бахытлырақ», – деген сөзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде көрсеттим.
አወዳድር
{{ጥቅስ}} ያስሱ
2
Елшилер 20:24
Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
3
Елшилер 20:28
Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көзқулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар!
4
Елшилер 20:32
Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди.
ቤት
መጽሐፍ ቅዱስ
እቅዶች
ቪዲዮዎች