1 Петр Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Петр жазған. Петр бул хатты Анадолы (ҳәзирги Туркия) үлкелеринде қуўдаланып атырған исениўшилерди қоллап қуўатлаў ушын ҳәм оларды исенимде беккем турыўға жигерлендириў ушын жазады. Исеними себепли азап шеккен исениўши адам Ийемиз Масийхтан өрнек алып, қыйыншылықларға шыдамлы болыўы кереклигин айтып, нәсиятлайды.
Және де, Петр өз хатында Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, исениўшилер де жағдай қаншелли қыйын болса да мухаддес өмир кешириўи ҳәм жаманлыққа жақсылық пенен жуўап қайтарыўы кереклигин айтады. Ҳүкиметке ҳәм басшыларға бойсыныў кереклигин жазады.

Àwon tá yàn lọ́wọ́lọ́wọ́ báyìí:

1 Петр Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22

Ìsàmì-sí

Pín

Daako

None

Ṣé o fẹ́ fi àwọn ohun pàtàkì pamọ́ sórí gbogbo àwọn ẹ̀rọ rẹ? Wọlé pẹ̀lú àkántì tuntun tàbí wọlé pẹ̀lú àkántì tí tẹ́lẹ̀