YouVersion Logo
Search Icon

Ҳошеа Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Ҳошеа пайғамбар Амос пайғамбардан кейин Израилда, яғный арқа патшалықта, патшалық қуламастан алдын хызмет еткен. Израил патшалығы б. э. ш. 722-жылы қулаған.
Китаптың дәслепки үш бабында Ҳошеаның шаңарақ қурыўы сүўретленеди. Ҳошеаның шаңарағы Израил елинде ўаз етип айтқан хабарының жанлы сүўрети болып хызмет етеди. Қудай Өз халқы Израилдың бийопалығын көрсетпекши болып, Ҳошеаға: «Бузық ҳаялға үйлен», – деп буйырады. Бузық ҳаял Ҳошеаға үш перзент туўып береди. Ҳошеаның перзентлерине Қудай Израил халқының жазаланыўын еслетип туратуғын атларды қояды. Қудай Ҳошеаға: «Бийопа ҳаялыңды сүй», – деп буйырады, себеби бул Қудайдың бийопа Израил халқына болған мәңги сүйиспеншилигиниң тымсалы болады.
Китаптың қалған бөлиминде Қудайдың Израил халқы менен дүзген келисимине айрықша итибар бериледи. Бул келисим бойынша, Қудай ҳәм Израил халқы бир-бирине садық болыўы тийис. Қудай ҳәмме ўақытта келисим шәртлерин орынлап келеди, Израил халқы болса ҳәр сапары келисим шәртлерин бузады. Олар Қудайдың жәрдемине исенбей, ләшкериниң күши ҳәм басқа еллердиң жәрдеми менен өзлерин қорғамақшы болады. Буннан тысқары, бутларға табынып, жақсы жемис жыйнап аламыз, малларымыз көбейеди, деп үмитин бутларға байлайды.
Израил ҳәм Яҳуда халықлары Қудайдан жүз бурады, Қудай олар менен бул ҳаққында айтысады, келисимди бузғанлығын айтып оларды айыплайды. Олар ислеген гүналары ушын жазасын тартады.
Гүналарына қарамай, Қудай Өз халқын сүйеди. Ақыры, Қудайдың шексиз сүйиспеншилиги олардың жүрек төрин ийелеп алады, Қудай ҳәм халық арасындағы қарым-қатнас тикленеди.

Highlight

Share

ਕਾਪੀ।

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in