Мен мынадай пәрман шығараман: патшалығымдағы барлық адамлар Даниелдиң Қудайынан қорқып, қалтырасын, өйткени:
Ол мәңги бар болған тири Қудайдур,
Оның патшалығы ҳасла қуламас,
Ҳүкимдарлығы ҳеш қашан таўысылмас.
Ол азат қылады ҳәм қутқарады,
Аспан менен жерде белги ҳәм кәраматлар көрсетеди,
Ол қутқарды Даниелди арысланлардың пәнжесинен».