Буның орнына сиз аспанның Ийесине қарсы бас көтердиңиз. Қудайдың Ибадатханасындағы ыдысларды алдырып, ақсүйеклериңиз, ҳаялларыңыз ҳәм тоқалларыңыз бенен шарап иштиңиз. Көрмейтуғын, еситпейтуғын, ҳеш нәрсени билмейтуғын гүмис, алтын, қола, темир, ағаш ҳәм тастан соғылған қудайларды алғысладыңыз. Бирақ өмириңизди ҳәм барлық жолларыңызды қолында услап турған Қудайды уллыламадыңыз.