1
Санлар 20:12
Мухаддес Китап
КркМК22
Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: – Маған толық исенбей, израиллылардың көз алдында Мениң мухаддеслигимди тән алмадыңлар. Соның ушын, Мен бул жәмийетке беретуғын елге оларды сизлер алып бармайсызлар.
Σύγκριση
Διαβάστε Санлар 20:12
2
Санлар 20:7-8
Жаратқан Ийе Муўсаға: – Таяғыңды ал. Әжағаң Харон менен бирге жәмийетти бир жерге жыйнаң. Кейин жәмийеттиң көз алдында суў атлығып шығыўы ушын, жартасқа буйрық бериң. Сонда сен жартастан суў шығарып, оларға да, ҳайўанларына да суў бересең, – деди.
Διαβάστε Санлар 20:7-8
3
Санлар 20:11
Соннан кейин, Муўса қолындағы таяғын көтерип, жартасқа еки мәрте урды. Сонда жартастан суў атлығып шықты ҳәм пүткил жәмийет те, ҳайўанлары да оннан суў ишти.
Διαβάστε Санлар 20:11
4
Санлар 20:10
Харон менен бирге жәмийетти жартастың алдына жыйнады. Муўса оларға: – Ҳәй, көтерилисшилер, маған қулақ салыңлар! Мына жартастан сизлерге суў шығарып берейик пе? – деди.
Διαβάστε Санлар 20:10
Αρχική
Αγία Γραφή
Σχέδια
Βίντεο