Жаратылыс 6:1-4

Жаратылыс 6:1-4 КРКМК22

Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды. Иләҳий барлықлар адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды. Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди. Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.

Нақшаҳои хониши ройгон ва садоқатҳои марбут ба Жаратылыс 6:1-4