YouVersion logo
Dugme za pretraživanje

Галатиялылар Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Хат елши Павелдиң ең биринши жазылған хатларының бири болып, ол Галатия үлкесиндеги (ҳәзирги Туркияның арқа-батыс бөлеги) исениўши жәмәәтлерге жазылған. Сол жердеги исениўши жәмәәт Павел арқалы пайда болған еди (Елш 13:14–14:23).
Хаттағы сөз етилетуғын баслы машқала яҳудий емеслердиң, яғный басқа миллет адамларының Ийсаға исенгенде сүннет етилиўине ямаса етилмеўине байланыслы. Исениўши яҳудийлердиң пикири бойынша, Ийсаны қабыл еткен ҳәр бир басқа миллет адамы ақланыўы ушын Муўсаның Нызамын орынлап жасаўы, әсиресе сүннет етилиўи шәрт еди. Бирақ Павел адам сүннет етилиўи ямаса Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы емес, ал тек Ийса Масийхқа деген исеними арқалы Қудайдың мийрими менен ақланады, деп жуўап береди.
Және де, Павел хатында өз елшилик хызметин Қудай тәрепинен, Ийса Масийхтың көрсеткен аяны арқалы алғанын ҳәм сол себептен усындай сөзлерди айтыў ҳуқықына ийе екенин билдиреди. Ол исениўшилердиң азат адам екенлигин ҳәм олардың бул азатлықты гүна ислеў ушын пайдаланбай, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаў кереклигин айтып, нәсият береди.

Istaknuto

Podeli

Kopiraj

None

Želiš li da tvoje istaknuto bude sačuvano na svim tvojim uređajima? Kreiraj nalog ili se prijavi