Матта 5:29-30
Матта 5:29-30 КРКМК22
Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа тасланғанынан гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.