Шығыў 34:6-7
Шығыў 34:6-7 КРКМК22
Ол Муўсаның алдынан өтип: – Жаратқан Ийемен, Жаратқан Ийемен. Реҳимли, мийримли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги уллы ҳәм садық Қудайман. Мыңыншы әўладларға дейин сүйиспеншилик көрсетип, айыпларды, жынаятларды ҳәм гүналарды кешириўшимен. Бирақ ҳеш бир айыпты жазасыз қалдырмайман. Ата-бабалардың ислеген айыплары ушын, олардың улларын, ақлықларын, үшинши ҳәм төртинши әўладын жазалайман, – деди.





