YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 15:23-25

Шығыў 15:23-25 КРКМК22

Соңынан олар Мара деген жерге барды. Бирақ Мараның суўы ашшы болғанлықтан, олар ише алмады. Сонлықтан сол жер Мара деп аталды. Сонда халық Муўсаға: «Не ишемиз?» – деп наразы болып, тоңқылдай баслады. Муўса Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе оған бир ағашты көрсетти. Муўса оны суўға ылақтырып жибергенде, суў душшы болып қалды. Сол жерде Жаратқан Ийе халық ушын қағыйда ҳәм нызам берди ҳәм оларды сынады.