1
Матта 21:22
Мухаддес Китап
КркМК22
Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди.
താരതമ്യം
Матта 21:22 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
2
Матта 21:21
Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ҳәтте мына таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула!» – десеңиз, айтқаныңыз болады.
Матта 21:21 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
3
Матта 21:9
Алды-артында ерип киятырған халық қуўанысып: – Даўыттың Урпағына ҳосанна! Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын! Ең жоқарыда ҳосанна! – деп бақырысты.
Матта 21:9 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
4
Матта 21:13
оларға: – «Мениң Үйим дуўа ететуғын үй деп аталады», – деп Мухаддес Жазыўда жазылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.
Матта 21:13 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
5
Матта 21:5
«Қыз Сионға айтыңлар: Мине, сениң Патшаң ешекке, жас ешекке, Гүрреге минип кишипейиллик пенен саған киятыр!»
Матта 21:5 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
6
Матта 21:42
Ийса оларға былай деди: – Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сөзлерди оқымағансызлар ма? «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды. Жаратқан Ийе қылған бул ис, Көзимизге әжайып көринди!»
Матта 21:42 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
7
Матта 21:43
Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Өз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди.
Матта 21:43 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
ആദ്യത്തെ സ്ക്രീൻ
വേദപുസ്തകം
പദ്ധതികൾ
വീഡിയോകൾ