1
Матта 19:26
Мухаддес Китап
КркМК22
Ал Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
താരതമ്യം
Матта 19:26 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
2
Матта 19:6
Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын.
Матта 19:6 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
3
Матта 19:4-5
Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди: – Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын оқымағансызлар ма? Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады».
Матта 19:4-5 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
4
Матта 19:14
Бирақ Ийса: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Себеби Аспан Патшалығы усындайлардики, – деди.
Матта 19:14 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
5
Матта 19:30
Бирақ бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.
Матта 19:30 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
6
Матта 19:29
Сонда Мениң атым ушын өз үйлерин, аға-инилерин, апа-қарындасларын, ата-анасын, балаларын, мал-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик өмирге ийе болады.
Матта 19:29 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
7
Матта 19:21
Ийса оған: – Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
Матта 19:21 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
8
Матта 19:17
Ийса оған: – Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Қудай ғана ийгиликли. Ал мәңгилик өмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди.
Матта 19:17 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
9
Матта 19:24
Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Қудайдың Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
Матта 19:24 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
10
Матта 19:9
Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким өз ҳаялы менен неке ҳадаллығын бузыўдан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
Матта 19:9 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
11
Матта 19:23
Ийса Өз шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын.
Матта 19:23 പര്യവേക്ഷണം ചെയ്യുക
ആദ്യത്തെ സ്ക്രീൻ
വേദപുസ്തകം
പദ്ധതികൾ
വീഡിയോകൾ