Марк Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул Хош Хабарды Юхан деп те аталған Марк жазған. Ол өзи елши болмағаны менен де, Павел ҳәм Барнаба менен бирге хызмет еткен (Елш 13:5). Әййемги масийхыйлардың мағлыўматы бойынша ол Петрдиң дилмашы болған.
Ол китапты яҳудий емеслерге, яғный римлилерге ҳәм басқа миллет адамларына қарата жазған болыўы мүмкин. Себеби китапта яҳудийлердиң үрп-әдетлери ҳәм арамейше сөзлердиң мәнислери түсиндириледи.
Марк Ийсаның қүдирети ҳәм бийлигине айрықша пәт береди. Ол Ийсаны Қудайдың Улы деп тастыйықлап, Ийса уллы Устаз, теңи жоқ Шыпакер екенин, ҳәттеки шайтан, жинлер ҳәм өлим Оған бойсынатуғынын сөз қылады. Автор Ийсаның тәбият, гүна, диний үрп-әдетлер ҳәм Ибадатханадағы тәртип үстинен Ҳүкимдар екенин көрсетеди. Ийсаның адамларға шыпа бергени ҳаққында Марк қайта-қайта сөз етип, Оның бул кәраматлардың ҳәммесин Қудайдың қүдирети менен қылғанын тастыйықлайды.
Және де, усы китаптағы 10:45-аятта Ийсаның Өзи: «Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплердиң азатлық қунын төлеў ушын, Өз жанын бағышлаўға келди», – деп айтқанындай, Марк Ийсаны барлық адамларды гүнадан азат қылыў ушын Қудай жиберген хызметши сыпатында көрсетеди.

하이라이트

공유

복사

None

모든 기기에 하이라이트를 저장하고 싶으신가요? 회원가입 혹은 로그인하세요