1
Матта 7:7
Мухаддес Китап
КркМК22
– Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
비교
Матта 7:7 살펴보기
2
Матта 7:8
Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
Матта 7:8 살펴보기
3
Матта 7:24
– Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жартас үстине салған ақыллы адамға уқсайды.
Матта 7:24 살펴보기
4
Матта 7:12
Солай етип, ҳәмме исте адамлардың өзлериңизге не ислеўин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер. Мухаддес Нызамның да, пайғамбарлардың Жазыўларының да мәниси усы.
Матта 7:12 살펴보기
5
Матта 7:14
Ал өмирге апаратуғын қапы тар, жол да енсиз, оны табатуғынлар аз.
Матта 7:14 살펴보기
6
Матта 7:13
– Тар қапыдан кириңлер. Өйткени набыт болыўға апаратуғын қапы кең, жол да енли, оның менен жүретуғынлар көп.
Матта 7:13 살펴보기
7
Матта 7:11
Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди!
Матта 7:11 살펴보기
8
Матта 7:1-2
– Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Өйткени сизлер басқаларды қандай ҳүким етсеңлер, өзлериңиз де сондай ҳүким етилесизлер. Қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, өзлериңизге де сондай өлшем менен өлшеп бериледи.
Матта 7:1-2 살펴보기
9
Матта 7:26
Ал Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынламайтуғынлардың ҳәр бири өз үйин шеге қум үстине салған ақылсыз адамға уқсайды.
Матта 7:26 살펴보기
10
Матта 7:3-4
Сен неге туўысқаныңның көзиндеги шөпти көрип турып, өз көзиңдеги қаданы сезбейсең? Өз көзиңде қада бола тура, қалай: «Қәне, көзиңдеги шөпти алып таслайын», – деп туўысқаныңа айтасаң?
Матта 7:3-4 살펴보기
11
Матта 7:15-16
– Жалған пайғамбарлардан сақ болыңлар! Олар қой терисин жамылып сизлерге келеди, бирақ ишлеринде олар жыртқыш қасқырлар. Сизлер оларды мийўесинен билесизлер. Шеңгелден жүзим ямаса ошағаннан әнжир жыйнай аласыз ба?
Матта 7:15-16 살펴보기
12
Матта 7:17
Ҳәр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди.
Матта 7:17 살펴보기
13
Матта 7:18
Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды.
Матта 7:18 살펴보기
14
Матта 7:19
Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
Матта 7:19 살펴보기
홈
성경
묵상
동영상