1
Лука 17:19
Мухаддес Китап
КркМК22
Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
비교
Лука 17:19 살펴보기
2
Лука 17:4
Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
Лука 17:4 살펴보기
3
Лука 17:15-16
Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де, Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди.
Лука 17:15-16 살펴보기
4
Лука 17:3
Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир.
Лука 17:3 살펴보기
5
Лука 17:17
Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта?
Лука 17:17 살펴보기
6
Лука 17:6
Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды.
Лука 17:6 살펴보기
7
Лука 17:33
Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, оны сақлайды.
Лука 17:33 살펴보기
8
Лука 17:1-2
Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң келиўи сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди.
Лука 17:1-2 살펴보기
9
Лука 17:26-27
Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады. Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан топан суўы басып, ҳәммени набыт қылды.
Лука 17:26-27 살펴보기
홈
성경
묵상
동영상