1
Лука 12:40
Мухаддес Китап
КркМК22
Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
비교
Лука 12:40 살펴보기
2
Лука 12:31
Оның орнына, Қудайдың Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
Лука 12:31 살펴보기
3
Лука 12:15
Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Өйткени адамның өмири оның мал-мүлкиниң көплигине байланыслы емес, – деп
Лука 12:15 살펴보기
4
Лука 12:34
Өйткени байлығыңыз қай жерде болса, жүрегиңиз де сол жерде болады.
Лука 12:34 살펴보기
5
Лука 12:25
Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады?
Лука 12:25 살펴보기
6
Лука 12:22
Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер!
Лука 12:22 살펴보기
7
Лука 12:7
Басларыңыздағы шашлардың бәри де Қудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар.
Лука 12:7 살펴보기
8
Лука 12:32
Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Әкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты.
Лука 12:32 살펴보기
9
Лука 12:24
Ғарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Қудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар!
Лука 12:24 살펴보기
10
Лука 12:29
Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер.
Лука 12:29 살펴보기
11
Лука 12:28
Егер бүгин далада өсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шөпти Қудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар!
Лука 12:28 살펴보기
12
Лука 12:2
Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
Лука 12:2 살펴보기
홈
성경
묵상
동영상