Матта Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул китапты Ийсаның шәкирти Матта жазған. Ол алдын салықшы болған (Мат 9:9-13). Матта Ийсаның ислерин көрип, гүўа болған ҳәм сөзлерин еситкен он еки елшиниң бири еди. Ол өз Устазының өмири ҳәм хызмети ҳаққында баянлайды. Матта бул китапта Ийсаның Ески Келисимдеги ўәде етилген Қутқарыўшы Масийх екенин айтады. Ол буны дәлиллеў ушын, Ески Келисимдеги пайғамбаршылықлардың Ийсаның өмири ҳәм хызмети арқалы орынланғанын атап өтеди ҳәм Қутқарыўшы Масийх ҳаққында жазылған Ески Келисимдеги көп аятларды келтиреди.
Китап Ийса Масийхтың шежиреси менен басланады, шежиреге Ибрайымнан баслап, Ийсаға дейинги әўладлар киритилген, және де, Ийсаның Даўыттың Урпағы екенине үлкен итибар берилген. Соның менен бирге, яҳудийлер күткен Аспан Патшалығы ҳаққында жийи-жийи айтып, Ийсаны Даўыт патшаның урпағынан шыққан Патша сыпатында сүўретлейди. Бирақ Оның Патшалығы бул дүньяда емес, ал адамлардың ишинде екенин атап өтеди.
Матта өз китабында Ийсаның тек яҳудий халқының емес, ал пүткил адамзаттың Қутқарыўшысы екенлигин ҳәм Оның дүньядағы барлық адамлардың гүналары ушын қурбан болып, үшинши күни өлимнен қайта тирилгенин айтады. Китаптың ақырында 28:18-20 аятларда Ийса Өз шәкиртлерине уллы тапсырма береди.
Nke Ahọpụtara Ugbu A:
Матта Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Mee ka ọ bụrụ isi
Kesaa
Mapịa
Ịchọrọ ka echekwaara gị ihe ndị gasị ị mere ka ha pụta ìhè ná ngwaọrụ gị niile? Debanye aha gị ma ọ bụ mee mbanye
© Институт перевода Библии, 2022

: